ӨзМКӨМИ-НФ «Халық дөретиўшилиги» кафедрасы
фольклор ҳәм этнография қәнигелиги
3-курс студенти Қудайбергенов Нурсултан Пахратдин улы
ЖЫРАЎ ҲӘМ ҚЫЯС ЖЫРАЎЛАРДЫҢ ӨМИРИ ДӨРЕТИЎШИЛИГИ
Аннотация. Бул мақалада Қарақалпақ халық жыраўлары болған Нурабылла жыраў ҳәм Қыяс жыраўлардың балалық дәўирлери, заманның қыйыншылығы, жыраўшылыққа қызығыўшылығы, жыраўшылық өнери бойынша устаз-шәкирт дәстүрлери ҳаққында сөз етиледи.
Гилт сөзи: Жыраў, қобыз, дәстан, терме, толғаў, Нурабылла жыраў, Қыяс жыраў, устаз, шәкирт, дәстүр.
НАЦИОНАЛЬНОЕ НАСЛЕДИЕ КАРАКАЛПАКСКОГО НАРОДА,
ЖИЗНЬ НУРАБУЛЛЫ ДЖИРОВА И ПОДОБНЫХ ДЖИРОВУ
Аннотация. В данной статье Каракалпак был народным жировом детство Нурабиллы жировой и Кияса жирова, суровость времени, страсть к жировшилику, рассказывается о традициях мастера-ученика в ремесле груминга.
Ключевые слова: Жиров, кобиз, эпический, терме, толғоа, Нурабылла Жиров, Қыяс жиров, мастер, ученик, традиция.
THE NATIONAL HERITAGE OF THE KARAKALPAK PEOPLE, THE
LIFE OF NURABULLA JIROV AND QıYAS JIROV
Annotation. In this article, Karakalpak was a folk fat the childhood of Nurabilla zhirova and Kiyas Zhirova, the severity of time, passion for zhirovshilik, tells about the traditions of a master student in the craft of grooming.
Keywords: Zhirov, kobiz, epic, terme, tolgoa, Nurabilla Zhirov, Kyyas Zhirov, master, disciple, tradition.
О, мениң саҳраларды тынбай гезген ғайбар бабаларым, не заманларды көрмедиң сен, не патша, ханларға қарсы табан тиреп турмадың сен! Сан мың жыраўлардың қан тамған қылышының астында қасарысып урыс жүргизген, ел деп еңиреген батырларың менен халық ушын жанын берген азаматларыңды көзи көрип, қулағы еситкен Едил, Жайық жығалары, Түркистан далалары, Әмиў бойлары жырға айландырдың. Аўыр тәғдирге белиң қайысып, Алпамысым, Қобланым, Баршыным, Қуртқам, Арысланым, Гулайымым болса екен деп аҳ урғанда ишиң оттай жанып, баўырың езилди. Мудамы қайғы думаны қаплаған өмиринниң гейде булттан шыққан күндей қуўаньшы қолға қобыз алып, ел батырларын жырлаўға сени мәжбур етти. Қуўаныш кешесинде сен жырлағанда ғана қайғыны ўақытша умытатуғын едиң. О, бабаларым! Сен бизге басқалардай көп мийрас қалдыра алмадың. Ал сениң бизге ең үлкен алтын мийрасың әсирлер тарийхын сөйлеген жырларың болды. Рахмет бабаларым жырларың ушын, жырларды дөреткен улларың ушын! Өмир бойы қобыз, дуўтарын қолға алып, әсирден - әсирге, әўладтан - әўладқа жеткерип, халық жырын үйретип, сақлап айтып киятырған атақлы қарақалпақ жыраў - бақсылары ҳаққында гүрриңимизге мират етемиз.
Нурабулла жыраў
Нурабулла 1862-жылы Қарақалпақстанның ҳәзирги Тахтакөпир районы менен Шымбай районының арасындағы Есим бойы Нойпир деген жердеги Бағдат әўлийениң қасында туўылады. Нурабулланың әкеси Қаражан етикшилик пенен күн көрген, жарлы адам болған, өз семьясын зордан ғана асыраған. Қаражан ҳәм оның ата - бабаларында жыраўлықтың белгиси болмаған. Қаражанның семьясы соңғы ўақытлары Ақшаңлақ, Қазан кеткен, Саятта отырады, усы жерлерди маканлайды, бул орынлардың ҳәммеси де Қоңырат районының арқасында, ҳәзирги Қоңыратқа онша қашық емес. Жас Нурабулла кишкентайында ылақ баққан. Айтып өтиў керек, барлық қарақалпақ жыраў - бақсылары дерлик, жаслығында қой-ешки, мал баққан. Бул қубылыс тек қарақалпақларда емес, ал пүткил Азия ҳәм ҳәттеки Европа халықларының поэзия тарийхында да ушырасып отыратуғыны дәлил. Нурабулланың аты жыраў сыпатында көп ғана фольклорға тийисли материалларда аталған менен 60-жыллардың басына шекем оның өмири ҳәм творчествосы туўралы баспа сөзде мағлыўмат берилмеди. Жыраўдың өмири ҳәм творчествосы туўралы биринши статья 1960-жылы Нөкисте басылған Есемурат жыраўдан жазып алынған «Алпамыс» дәстанының ақырында берилген. Нурабулла жыраў ҳаққында қысқаша мағлыўматлар екинширет 1968-жылы басылған Қ.Айымбетовтың «Халық даналығы» китабында қысқаша айтылған. Бунда туўылған жери, устазлары, атқарған дәстанлары, шәкиртлери, урым-путақлары ҳаққында cөз етиледи.[1] Нурабулланың өмир баяны ҳәм жыраўшылық хызмети ҳаққындағы материаллардың барлығын дерлик оның үлкен баласы ҳәм шәкирти Есемурат жыраўдың аўызынан жазып алдынған. Соның менен оны көрген ҳәм еситкен адамлардың еске түсириўлери менен булар толықтырылып өтилди. Нурабулла ылақ бағып жүргенинде халық қосықларын ядлайды, айтып жүреди, ол тек қосық пенен ғана қызығып қоймастан, саз бенен де усы балалық шағында ақ қызыға баслайды. Ол жасында Ханназар қобызшы дегенниң сазларын тыңлайды, өзи де ара-тура сол кисиниң қобызын алып, бир нарсе үйренбекши болып талапланады. Кем-кемнен Нурабулланың өз халына балалық сөзи менен сазы отырған аўылдың көзине түседи. Кишкене той-мереке, гештеклерде Нурабулланың саз даўысы шыңғырады. Нурабулла қосықшы бала атанып, оның сазға да, сөзге де қызығыўшылығы арта түседи. Оданда бөлек Нурабулла жыраўдың Шымбайдығы Турымбет жыраўға 2 ай шәкирт болады. Одан «Қоблан», «Едиге» дәстанларын шала үйренеди. Соң Шымбайдағы Палеке жыраўға ереди оннан «Алпамыс» дәстанын тыңлайды бырақ бул жыраўлардың еш қайсысы кеўлинен шықпайды. Кейин ала Хорезимдеги Ерман деген жыраўга барады оннан «Шарьяр» дәстанын үйренеди ҳәм бурынғы еситкен дәстанларын қайталайды. Нурабулла жыраў өзиниң репертуарын байытыў тилеги менен Бухараға кетип баратырған кәрўанға илесип, Бухарадағы Қазақбай жыраўға барып, оған шәкирт болады. Қазақбай Нурабулланың ең тийкарғы ҳәм жақын устазы, Қазақбайдың қасында Нурабулла 24 ай жүреди, усы ўақыттың ишинде «Қоблан», «Алпамыс», «Шарьяр», «Едиге», «Шора» дәстанларын ҳәм көп ғана терме-толғаўларды, қобызда саз шертиўди усталық пенен үйренип шығады. Бирақ бир нәрсени еске түсирип өтиў керек. Есемурат жыраўдың айтыўына қарағанда, Нурабулланың барлық устазлары да оған «сен мынаны үйрен, сен мынаны шерт» деп айтпаған. Нурабулла тек олардың қасында хызметин еткенде, ерип жүре берген. Тек соңғы Қазақбай жыраў Нурабулланың қалай саз шертетуғынын сынап көрген де, жыраўлыққа пәтия берип жиберген. Нурабулла жыраў қарақалпақ жыраўшылығының раўажланыўында үлкен үлес қосқан уллы жыраў. Оннан мийрас болып қалған қарақалпақ дәстанлары, қобызда атқарылатуғын қарақалпақ халық намалары қарақалпақ фольклоры тарийхында үлкен орын ийелейди.[2]
Қыяс жыраў
Қыяс жыраў Қайратдинов 1903-жылы ҳәзирги Шымбай районының «Кеңес» совхозында туўылады. Әкеси Қайратдин аўылдың мектеп молласы болған. Қайратдинниң ата-бабалары дийқаншылық ҳәм мал шарўашылық ислери менен шуғылланған. Қыяс 15 жасына дейин әке-шешесиниң тәрбиясында болып, оннан кейин семьясының жағдайына байланыслы киси есигинде хызмет етиўге мәжбур болады. Жыраў бул туўралы еске түсирип былай дейди: «1913-жылға қарай заман алғаў далғаў болып, биреўдикин биреў жулғышлаған жаўгершилик басланып, елде ашаршылық көбейди. Кегейлиниң суўы тартылды. Кемтар адамлардың тиршилик етиўи қыйынға айналды. Бизлер ата-анадан бес ағайинли едик. Ийса деген ағам 16 жасында болса да, ишимиздеги жумысқа жарамлымыз еди. Басқаларымыз жас едик. Хожалығымызда ҳеш қандай мал туқымы болмады. Әкем бизлерди асырай алмағанлықтан, байларға жетелеп алып барып, қолымыздан келгендей жумысларды ислеўге келисип орналастырып қойды. Мен «Көк көл» деген жерде Руўзым деген байдың қойларын бақтым». Кишкене Қыяс Руўзым деген байдың қойларын бағып жүрип, оның Досымбет деген дийқанынан дуўтар, қобыз шертиўге, қосық айтыўға үйренип, қызыға баслайды. Байдың қойларын бағып жүргендеги сарсылыўды қосық ҳәм саз бенен басқысы келеди. Досымбеттен Қыяс «Орманбет бийдиң толғаўын», Жийен жыраўдың «Посқан ел»ин, қобызда шертилетуғын «Уллы толғаў», «Киши толғаў» деген намаларды үйренеди. Досымбеттиң «Ранай патша» деген ертегин излестирип алады. Болажақ жыраўға Досымбеттиң сәзенделиги, сөзге шеберлиги айрықша унайды. Қыястың жыраўшылыққа қызығыўына тийкарғы себеп байдын дийқаны Досымбеттиң тәсир етиўинен басланады. Бул туўралы жыраў еске түсирип: «Намаларының толықлығы, сөзлериниң нақма-нақлығы, даўысының қулаққа жағымлылығы оғада унайтуғын еди. Булар маған күшли тәсир етти. Досымбеттей болып жырласам, сондай болып нама шертип, тыңлаўшының қулағның қурышын қандырсам деген қыял менде үндей баслады» дейди. Қыяс Досымбеттен алған сабағы менен кишигирим отырыспаларда, жигитлердиң бас қоспаларында еплеп жырлайтуғын болады. Руўзым байдың қараўында Қыяс узақ шопанлық ете алмайды. Бир күни сол аўылда бир абыройлы киси қонақ болып, Қыясты таң атқанша жырлатып, уйқысынан калдырады. Уйқыдан қалған жас шопан азанда қойдың кейнине ерип кетсе де дүзде уйықлап калады. Шопансыз қойлар дағып кетеди. Бир топарда барып жетеди. Түстиң алдында оянып излеп жүрсе, бай атлы алдынан шығып, өзи берип қойған жаман, жыртық шекпенин шешип алып, қамшысының астына алып, қатты урып, сөгип, ҳақы берместен Қыясты куўып жибереди. Оннан кейин Қыяс кегейлиниң бойындағы Жийенбай дегенниң ылағын бағады. Бул жерде де шопанлықтың аўырлығын басынан кеширеди. Усы күнлери ол қыйыншылыққа қарамастан, халық арасындағы итибарлы сөзлерге қунт қойып, қулақ салады ҳәм көплегенин өзлестирип алады. Заманның аўыр қысыўмети, кемтарлық Қыястың жыраўлық усылының бирден дөнип кете бериўине тез мүмкиншилик бермейди. «1918-жылдың басында, - деп еске түсиреди жыраў, ел арасында Қызыл әскерлердиң, советлердиң хабары тарқалады, ҳәр кимниң аўзында: «жаңа заман орнапты, езиўшилердиң күни бататуғын болыпты, байлардың мал-мүлки жарлыларға берилетуғын болыпты, гедейлерге теңлик тийетуғын қусайды, Ленин деген батыр жаңа хүкиметти баслап, өзи қурып атырса керек» дегенге кусаған қуўанышлы хабарлар күнненкүнге көбейе берди. 1920-жыллардың басына шекем Қарақалпақстанда Совет властының толық жеңип шығыўы болмағанлықтан мийнеткеш халықтың аҳўалы күта қыйын болды. Көпшилик халық бул дәўирде большевиклердиң келиўин шыдамсызлық пенен күтсе ел басқарған бийлер, байлар большевиклердиң келиўине, советлердиң орнаўына қарсы ҳәрекет жүргизеди. Бул дәўирде Қыяс атақлы жыраўлардан қарақалпақ халық дәстанларын үйренип алыўға айырықша қызығады. Усы ўақытларда халық арасында атағы жайылған белгили жыраўлардан Нурабулланы, Дилимди, Палекени, Сейфулланы, Әбдирасуўлини, Ерполатты Қыяс бир неше рет кеўил қойып тыӊлайды. Әсиресе булардан Қыясқа Нурабулла менен Әбдирасуўли бәринен де озымтырақ кѳринеди. Баяғы Досымбеттен үйренген намаларыныӊ толық атқарылыўын үйренеди. Әбдирасуўлиниң унағаны соншелли, оны ѳзине устаз еткиси келеди. Жыраўдың сѳзи бойынша, сол жыллары Шымбайдың әтирапында жыраўшылық ететуғын Ырысназар жыраўды бес ирет, Әбдимурат шала деген жыраўды 16 ирет Исмайыл деген жыраўды 5 ирет, Изимбет жыраўды бир неше ирет тыӊлап, көп нәрсени аӊлайды. Жыраў ѳзиниӊ жыраў деген атақ алыўыныӊ басланыўы туўралы, «булар қатнасқан той-мерекелерге барып қалағойсам мени айттыратуғын болды. Сөйтип менде кем-кемнен «жыраў» деген лақапқа ийе бола басладым», дейди. 1922- жылы, Қыяс биратала шопанлықтан, падашылықтан қутылып, қысы менен жыраўшылық етип жүреди. 1923-жылы «Нөкер көл» деген жерден Қыястың семьясы басқа жерге көшип келип, ол дийқаншылық ислери менен шуғылланады, соныӊ менен бирге кишигирим мерекелерде жыраўшылық ислейин десе, 75 жасар ғарры әкеси Қайратдин руқсат бермейди, қобызын отқа жағып жибереди, «айтқанымды тыӊламайсаӊ бул үйден кет, мениӊ перзентим емессеӊ, қосық айтқанды қоясан» деген қатты талапты қояды. Сүйген кәрин кѳзи қыймай, әкесине ашыўланып, Қыяс көшип кеткен жери «Нөкер көл» ге келип, сол аўылдағы Досымбет сәзенде дегенниң үш арба отынын әкелип берип, оның ғарры тутынан кестирип қобыз соқтырып алады. Қыяс қобызын қолтықлап Шымбайға Әбдирасуўли (Кәл бала) жыраўға шәкиртликке ал деп келеди. Әбдирасуўли жыраў «Мен үйимде турмайман, сениң минетуғын атың жоқ үйимде сен ислеп жүргендей жумыс та жоқ, шәкиртликтиң ирети болмас» деп қайтарып жибереди. Буннан соң Қыяс Ерполат жыраўға барып, оның шәкирти болғысы келеди. Бесалты аўыз Қыясты айттырып тыңлап көрген Ерполат «Әўере болма шырағым, усы жерде биреў адам таппай отыр, соған дийқан болып жаллана ғой» дейди. Оннан кейин Қыяс Сейфулла жыраўға барады, жыраўлық кәсиптен кеўил үзбей, оған айрықша ықлас пенен талап қылады. Сейфулла жыраў Қыясты жыллы жүз бенен күтип алып, азы-кем жырлатып, сынап көрип «Қыйсық ағаш тизге салмай дүзелмейди. Ықылассыз ис питпейди. Талабыӊ жаман емес шырағым» деп ѳзиниӊ намаларын бир қатар шертип көрсетип «олай етип шерт, булай етип шерт» деп үйрете баслайды. Сейфулла жыраў ҳәр күни еки ирет қобыз намаларын, дәстаннан үзиндилер, терме толғаўлар үйретеди. 20 лаған күнниӊ ишинде «Дуйсенбай толғаỹ», «Ерман нама», «Толқын нама» усаған қобыздан 22 нама үйренеди, оннан және де «Өкинбе», «Дәркар», «Айдабар» дегенге қусаған 12 бәнтли термелерин үйренип алады. Бир күни Сейфулла жыраў «Қолыӊ дүзелип, намаларыӊ сазласып қалды. Енди маған 8 жыл шәкирт болған Бегмурат деген шәкиртим бар, соған бар, кемисин сол үйретер» деп рухсат береди. Қыяс ярым айдан кейин Бегмурат жыраўға барады. Бегмурат сол ўақлары 70 жасқа келген, ғарры еди ҳәм 42 жасынан бери көзден қалып отырып еди. Бегмурат Қыясқа устаз болыўды шын жүректен қабыллап, 18 ай даўамында оған дәстанларды үйретеди. Қыяс оннан «Алпамыс», «Едиге», «Супыбек» дәстанларын тольқ үйренип алады. Бегмурат усынан кейин Қыясқа ѳз алдына айтыў дәрежесине жеткеннен соӊ рухсат берип жибереди. Енди ол өз алдына ел аралап, ҳақыйқат жыраў дәрежесине кѳтериледи.[3] Қыяс жыраўдың бай эпикалық репертуары қарақалпақ халық поэзиясыныӊ байыўында ҳәм раўажланыўында үлкен орын ийелейди. Жыраўдың қарақалпақ фольклоры тарийхындағы творчестволық үлеси оның қалдырған баҳалы фольклорлық мийрасында айқын көринеди.
Пайдаланылған әдебиятлар:
1. Қ.Айымбетов «Халық даналығы», «Қарақалпақстан» Нөкис баспасы 1968-жыл 90-бет.
2. Қабыл Мақсетов «Қарақалпақ жыраў бақсылары» «Қарақалпақстан» баспасы Нөкис – 1983-жыл. 26-41-бетлер
3. Қабыл Мақсетов «Қарақалпақ жыраў бақсылары» «Қарақалпақстан» баспасы Нөкис – 1983-жыл. 93-108-бетлер.
본문은 PDF에서 자동으로 추출되었으며 부정확할 수 있습니다.