ҒӘРЕЗСИЗЛИК ДӘЎИРИНДЕГИ БАСПА СӨЗ АНАЛИЗЛЕРИ
Аминов Раҳматжон Искандар ўғли
Бердақ атындағы ҚМУ стажёр оқытыўшысы
Аннотация: Бул мақалада Қарақалпақстандағы совет ҳүкиметиниң диний сиясатының ғарезсизликтен кейинги дәўирлик баспасөзде баянланыўы көрип шығылады. Совет дәўиринде динге қарсы алып барылған сиясаттың ақыбетлери, диний исенимлерге шеклеўлер қойылыўы, мешит-медреселердиң жабылыўы ҳәм диний ғайраткерлердиң тәғдири ғарезсизлик жылларындағы баспасөз материалларында жаңаша көзқараслар менен сәўлелендирилгенлиги анализленеди. Мақалада ғарезсизлик жылларындағы қарақалпақ баспасөзлериниң диний темаларды жарытыўдағы өзгешеликлери, совет дәўириндеги диний сиясатқа байланыслы жарияланған материалларды талқылаўдағы сын көзқараслар ҳәм диний бағдардағы ағартыўшылық жумысларға берилген әҳмийет қарастырылады. Соның менен бирге, совет ҳүкиметиниң диний сиясатының қарақалпақ жәмийетиндеги руўхый-мәдений өмирине тәсири ҳәм оның бүгинги күндеги ақыбетлери баспасөз бетлеринде қандай көринисте өз сәўлелениўин таллаў арқалы анықлаў мақсет етиледи. Изертлеў жумысы даўамында ғарезсизликтен кейинги дәўирде шыққан қарақалпақстанлық газета-журналларда жәрияланған мақалалар, сәўбетлесиўлер ҳәм басқа да материаллар дереклик база сыпатында пайдаланылады. Бул дереклер тийкарында совет ҳүкиметиниң диний сиясатына байланыслы қарақалпақ баспасөзинде қәлиплескен көзқараслар системасы анықланып, олардың жәмийеттиң руўхый-мәдений раўажланыўына тийгизген тәсири баҳаланады.
Гилт сөзлер: Ғәрезсизлик, Қарақалпақстан, Совет ҳүкимети, Диний сиясат, Баспасөз, Дин, Исеним, Мешит, Медресе, Руўхыйлық, Мәденият, Ағартыўшылық, Жәмийет, Тарийхыйлық, Көзқарас.
Кирисиў. Ғәрезсизликке ерисиў менен бирге, елимиз тарийхының жаңа бетлери ашылды, өткен әсирлер даўамында халқымыз басынан өткерген сынақлы дәўирлерге тереңнен нәзер салыў имканияты жаратылды. Әсиресе, совет ҳүкимети дәўиринде жүргизилген сиясаттың ақыбетлери, жәмийеттиң барлық тараўларына, соның ишинде руўхый-мәдений өмирине тийгизген тәсири терең үйрениўди талап етеди. Бул ретте, дин мәселеси айрықша әҳмийетке ийе болып, совет ҳүкиметиниң диний сиясатының қарақалпақ жәмийетиндеги көринислери ғарезсизлик жылларындағы баспасөзде жаңаша баянын тапты.
Социализм дәўиринде динге қарсы алып барылған гүрес, диний исенимлерге шеклеўлер қойылыўы, диний орынлардың жабылыўы ҳәм диний ғайраткерлерге жасалған репрессиялар – булардың бәршеси халқымыздың руўхый дүньясына унамсыз тәсир етти. Совет ҳүкиметиниң диний сиясатын үйренген М. Раметуллаев “бүгинги күнде дин тараўындағы мәселелерди билиў ҳәм түсиниў ушын, әйне совет дәўириндеги жағдайды үйрениў арқалы ғана ерисиўге болады”[6] - деп пикир билдирген болса, Қарақалпақстандағы дәўирли баспасөз тарийхын үйренген илимпаз С. Нуржановтың пикиринше, “Совет ҳүкиметиниң динге қарсы гүреси диннниң жәмийетте идеология ҳәм адамлардың күнделикли турмысы менен ой-пикирин қәлиплестиретуғын нормалар жыйнағы сыпатындағы хызметине қарсы бағдарланған еди. Дәўирлик баспасөздеги динге қарсы әмелият мазмуны бойынша бул гүрестиң жәмийетлик сананы ийелеў, бирден-бир идеологияны орнатыў ҳәм усы тийкарда пүткиллей жаңа адам типи – “homo sovietus”ты тәрбиялаў ушын әмелге асырылғанлығын көрсетеди”[5]. Ғәрезсизлик жылларында қарақалпақ баспасөзлери бул мәселелерди ашық-айдын көтерип, совет дәўириндеги диний сиясатқа сын көзқарас пенен баҳа бериўге умтылды.
Бул мақалада ғарезсизликтен кейинги дәўирлик баспасөзде Қарақалпақстанда совет ҳүкиметиниң диний сиясатының баянланыўы анализленеди. Совет дәўириндеги диний сиясаттың қарақалпақ жәмийетиндеги руўхый-мәдений өмирине тәсири, оның бүгинги күндеги ақыбетлери ҳәм ғарезсизлик жылларындағы баспасөз материалларында өз сәўлелениўи көрип шығылады. Мақаланың тийкарғы мақсети – қарақалпақ баспасөзлериниң диний темаларды жарытыўдағы өзгешеликлерин анықлаў, совет дәўириндеги диний сиясатқа байланыслы жарыяланған материалларды талқылаўдағы сын көзқарасларды көрсетиў ҳәм диний бағдардағы ағартыўшылық жумысларға берилген әҳмийетти баҳалаўдан ибарат.
Ғәрезсизлик дәўириндеги қарақалпақ баспасөзинде Совет ҳүкиметиниң диний сиясатының баянланыўы анализ етилген мақалалардың нәтийжелери, қарақалпақ халқының диний дүньяқарасының қәлиплесиўине Совет дәўиринде жүргизилген диний сиясаттың тәсири терең ҳәм көп қырлы болғанлығын көрсетеди. Баспасөзде жәрияланған материаллар, Совет ҳүкиметиниң динге қарсы жүргизген сиясатының қарақалпақ жәмийетинде диний институтлардың әҳмийетин төменлетиўге, диний билимлендириўди шеклеўге ҳәм диний үрип-әдетлерди жоқ етиўге қаратылғанын дәлиллейди.
Соныӊ менен бирге, ғәрезсизлик жылларындағы баспасөз бетлеринде Совет дәўириндеги диний сиясаттың ақыбетлерине баҳа бериўде түрли көзқараслардың бар екенлиги де анықланды. Айрым мақалаларда диний сиясаттың халықтың руўхый дүньясына келтирген зыяны сынға алынса, енди бир мақалаларда Совет дәўириндеги диний ағартыўшылықтың прогрессив ролы атап өтиледи.
Талқылаў процессинде, ғарезсизлик дәўириндеги қарақалпақ баспасөзинде Совет ҳүкиметиниң диний сиясатының баянланыўы, тарийхый әдилликти тиклеўге, өткен әўладлардың руўхый мийрасын үйрениўге ҳәм диний толерантлық идеяларын тарқатыўға қаратылғанлығы анықланды. Бул болса, өз гезегинде, жәмийетте саўатлылықты арттырыўға хызмет етеди.
XX әсирдиң 80-жылларының екинши ярымында жәмийетлик турмыста ашықлық ҳәм демократияның жәрияланыўы менен өтмиштиң әҳмийетин түсиниўге қызығыўшылық артты. “Еркин Қарақалпақстан” газетасының 1991-жылы №242 санында Турсынбай Әбдимуратовтың мақаласы жәрияланды ҳәм онда сталинлик репрессиядан басқа елге қашып кеткен Нурсейит ахун урпақларының кейинги тәдири сүўретленеди: “Қарақалпақстанлы урыс ҳәм мийнет ветераны Сәдирнияз Музаппаров сол дәўирде газетада басылған сүўретлерди көрип, тири ғайып болған ағалары ҳаққындағы мақаланы оқыйды. Мақала “Совет Қарақалпақстаны” газетасында 1991-жылы 4-июнь күни жәрияланған Есназар Усеновтың “Бир уўыс топырақ” атлы мақаласы еди. Кейиннен, 9-августта Айтмурат Бердиевтиң “Сириядан келген бир хаттың изи…” деген анықлама мақаласы шығады. Еки мақала да жәмийетшиликте үлкен қозғаў салып, көп адамлар белгисиз жоқ болып кеткен ағайинлерин излеўге баслады.
Сәдирнияз Музаппаров мақалалардағы алжасықларды дүзетип, Нурсейит ахунның балалары ҳаққында анықлық киргизеди. Ол ағалары Яхия ҳәм Бекбосынның қуўдаланыўға ушырап, 1934-1935 жыллары елден қашып кеткенин айтады. Олар Түркменстан, Иран, Ирак арқалы Түркияға жетип барады, кейиннен Сирияға көшип өтип, сол жерде жасап дүньядан өтеди. Сәдирнияздың туўысқаны Қайпан Шәрипов оларды Сирияда еки мәртебе көрип келген. Ағаларының балалары ҳәм әўладлары Сирияда жасап атыр. Сәдирнияз бул жағдайды репрессияның кесапаты деп баҳалайды”[3].
Тарийхшы Оңғарбай Юсупов “Архив ғәзийнелеринен” атлы мақаласында “1926-жылы Шымбайдың №7 аўылынан Пираж хожа Меккеге сапар етип, 1929- жылы аўылына қайтып келди. Бирақ, дәл сол ўақытлары ОГПУ Кегейли ҳәм Шымбайда контрреволюциялық шөлкемлерди излеп, гуманлы адамларды, диний адамларды және бай балаларын қамап атырған еди. Пираж хожаның ҳажы сапары ҳаққындағы гүрриңлери тыңшылардың итибарын аўдарды. Ақыбетинде, Ескелдиев Пираж хожа (лақабы Иранхожа) айыплы деп табылып, 1929-жылы 7-декабрьде үшликтиң қарары менен атыўға ҳүким етилди ҳәм мал-мүлки конфискацияланды. Меккеден келгеннен соң, ол жазаланды”-деп жазды[2].
Оңғарбай Юсуповтың және бир мақаласында 1919-1930-жыллары Тахтакөпир, Кегейли ҳәм Шымбай районларында ОГПУ тәрепинен репрессияға ушыраған шахслар ҳаққында мағлыўмат берилген. Репрессияға ушырағанлар арасында диний хызметкерлер (ийшанлар, ахунлар), байлар, болыслар ҳәм контрреволюциялық ҳәрекетлерге қатнасы бар адамлар дизими берилген. Олар контрреволюцияға қатнасқаны, большевиклерге қарсы үгит-нәсият жүргизгенлиги, Жунайдханды мақтағаны ушын айыпланған. Репрессия түрлерине атыў, жер аўдарыў, мал-мүлк хатлаў ҳәм шаңарақ ағзаларын көшириў киреди. Дизимде репрессияға ушырағанлардың аты-жөнлери, туўылған жерлери, жаслары ҳәм айыплаў дәлиллери келтирилген. Дизимдеги 96 адамнан 62 си диний адам екенлиги анықланды. Бул диний уламалар: Ийшанлар, ахунлар, мешитли моллалар ҳәм олардың суўпылары еди. Айрым жағдайларда судланғанлардың шаңарақ ағзалары да репрессияға ушыраған.
Оларға берилген жаза түрлери: Атып таслаў - жазаның ең аўыр түри болып, контрреволюциялық ҳәрекетлердиң белсенди қатнасыўшылары ҳәм тәсирли шахсларга қолланылған. Жер аударылыў - туўылған жеринен, шаңарағы менен бирге көшириў. Мүлк коньфискациясы - мүлктен, жерден, малдан айырыў. Қамаққа алыў: Тутқынға алыў ҳәм қамақханаларда сақлаў, көбинесе атып таслаў ямаса жер аўдарыў. Репрессияны өткерген органлар: ОГПУ (Бирлескен мәмлекетлик сиясий басқарма) - СССРда сиясий излеў ҳәм репрессиялардың бас уйымы. “Үшлик” - ҳүким шығаратуғын судтан тысқары органлар.
Районлық газеталарда да бул темада мақалалар жәрияланды. Мәселен, “Шымбай ҳаўазы” газетасының 1996-жылы 19-декабрдеги санында журналист Мияссар Қабулованың “Қазы Мәўлик-әдил қазы болған” атамасында мақала жәрияланды[4]. Бул мақала публицистикалық болса да, Қазы Мәўликтиң диний адам сыпатында совет дәўириндеги диний сиясаттың ақыбетлерин шеккенин ҳәм Сталин жазалаў жылларында ағаларының жақын жәрдеми менен қуўдалаўдан қашып, қоңсылас Түркменстанға барып жасырынып, жанын сақлап қалғанын сүўретлейди. Р.Шамсутдинов ҳәм У.Бекмуҳаммадтың “Қипчоқлик қатағон даври жабрдийдалари” мақаласы, 2015-жылы Әмиўдәрья районының "Таррақиёт кўзгуси" газетасында (№32-33 (7220)) басылып шықты[7]. Бул мақалада райондағы репрессия қурбанлары ҳаққында мағлыўматлар келтирилген. Атап айтқанда, диний хызметкерлерден ийшанлар, ахунлар, суўпылар, қазылар, райислер, муптилер ҳәм моллалардың атлары тилге алынған.
Әлбетте, ҳуқық қорғаў уйымларының жәмийетлик-ҳуқықый басылымларында репрессияға ушырағанлар ҳәм олардың атларының ақланыўына арналған материаллар басылып шықты. Буған байланыслы Ш.Бабашевтың репрессия қурбанлары болған диний ғайраткерлер ҳаққындағы бир неше мақалаларын тилге алыў керек[1]. Атап айтқанда, совет дәўиринде тийкарсыз айыпланған қазылар ҳаққындағы мақалалары айрықша итибарға ылайықлы.
Бул репрессиялардың себеплери Совет ҳүкиметиниң динге қарсы сиясаты ҳәм байларды, болысларды ҳәм Совет ҳүкиметине қарсы шыққанларды жоқ етиўге қаратылған қәдеми еди.
Жуўмақлап айтқанда, Ғәрезсизлик дәўириндеги қарақалпақ баспасөзлери совет ҳүкиметиниң диний сиясатын жарықландырыўда үлкен әҳмийетке ийе болды. Олар совет дәўиринде динге қарсы алып барылған репрессиялық сиясаттың ақыбетлерин ашып көрсетти, диний инанымлардың қәдирин қәлпине келтириўге хызмет етти ҳәм руўхый жаңаланыў процесине өз үлесин қосты.
Баспасөз бетлеринде жарияланған материаллар совет дәўириндеги диний қуўғынлардың бетин ашып таслаў менен бирге, диний қәдириятларды сақлап қалыў жолында жан пидә еткен инсанлардың ерлигин де дәлийлледи. Бул болса, жас әўладты миллий руўхта тәрбиялаў, өз тарийхын ҳәм мәдениятын терең үйрениўге шақырыўда үлкен әҳмийетке ийе болды.
Демек, Ғәрезсизлик дәўириндеги қарақалпақ баспасөзлери совет ҳүкиметиниң диний сиясатын үйрениў, оның ақыбетлерин сабақ етип алыў ҳәм миллий өзликти аңлаўда әҳмийетли дерек болып хызмет етеди. Бул бағдардағы изертлеўлердиң избе-из даўам еттирилиўи, өтмиштиң ақ бетлерин ашыў, әдилликти тиклеў ҳәм келешек әўладларға жеткериў ушын зәрүр. Атап өтиў керек, советлик цензура дәўиринен соң газета ҳәм журналларда басылып шыққан усыл мақалалардың кең жәмийетшилик тәрепинен қалай қабыл етилгени ҳәм олардың тәсир етиў дәрежесин үйрениў айрықша әҳмийетке ийе.
Әлбетте, советлердиң диний сиясатқа бағышланған ғәрезсизлик дәўириндеги басылымлардың барлығын бир мақала шеңберинде толық қамтып алыў мүмкин емес. Келешекте жас илимпазлар бул бағдарда және де терең изертлеўлер алып барады, деген үмиттемиз.
Пайдаланылған әдебиятлар:
1. Бабашев Ш. Жазықсыз жазаланған қазылар / Жипек жолы. – Нөкис, 3.12.2005.
- №51. – Б. 8.
2. Еркин Қарақалпақстан 13. 03. 1992. №49. S 2
3. Еркин Қарақалпақстан 19. 12. 1991. №242. 3(2)
4. Қабулова М. Қазы Мәўлик-әдил қазы болған. “Шымбай ҳаўазы”, 19.12.1996.
№51. 3-бет.
5. Нуржанов С. К вопросу антирелигиозной пропаганды на страницах печати
Каракалпакстана 1930-х годов // Интернаука, №42(359). Часть 1. Москва,
2024. 19-23 б. Эл.версия.
6. Раматуллаев М.А. - Совет ҳәкимиятының Қарақалпақстандағы диний
сиясатының изертлениўи// Вестник ККО АН РУз, №2, 2021. С.102-105.
7. Шамсутдинов Р., Бекмуҳаммад У. Қипчоқлик қатағон даври жабрдийдалари,
Таррақиёт кўзгуси газетаси №32-33 (7220), 29.08. 2015. – 2 б.
Matn PDFdan avtomatik ajratib olingan va xatoliklar bo'lishi mumkin.