ҚАЗЫЛАРДЫҢ ҚАТНАСЫ.
Опаев Баймурат Абдрешитович.
Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими Гуманитар илимлер илим-изертлеӯ институты киши илимий хызметкери.
opaevb@list.ru
Аннотация: Қарақалпақстан тарийхында XX әсир 20-30 жыллары қайғылы ӯақыяларға толы дәӯир болды. Екинши дүнья жүзилик урысқа шекем Совет ҳүкимети өзиниң ҳәкимиятын беккемледи ҳәм сол жолда динге де қарсы гүрес жолын тутты. Орта Азия халықларының неше әсирлерден берли санасына сиңип кеткен ислам дини менен байланыслы болған дәстүрий суд-қазылар судын жоқ қылыӯға урынды. Мусылманлардың контрреволюциялық ҳәрекетке қосылып өзиниң үрип-әдетлерин исенимин сақлап қалыӯға урыныӯына булда бир түртки болды. Совет ҳүкимети оларға «Баспашылар» деген ат таңып, халықтың санасына сиңдириӯге барынша ҳәрекет етти. Бирақ, СССР тарқағаннан кейин тарийхый ҳақыйқат қайта тикленип «баспашылар»дың көпшилиги азатлық ушын гүрес ӯәкиллери екенлиги мәлим болды. Олардың арасында әдилликти сақлаӯда орны бар қазыларда ҳәрекет еткен еди. Бул мақалада тап сондай азатлық ҳәрекетине қосылған ҳәм өз елинен басқа журтларға шығып кеткен қарақалпақстанлы қазылар ҳақында сөз етиледи.
Гилт сөзлер: Қарақалпақстан, қазылар суды, «Баспашылар», халық ҳәрекети, динге қарсы сиясат, репрессия, 1919 жыл, 1929 жыл.
Кирисиӯ:
XX әсир 20 - 30 жылларында Орта Азияда «баспашылық» деп аталған большевиклерге қарсы ҳәрекет күшейди. Баспашылар деп негизинде басқа елден басып келип, елди тонаӯшыларға айтылады. Бирақ, биз айтып атырған дәӯирде бул атама большевиклер ҳүкиметине қарсы болған шахсларға ҳәм усы бойынша гүманлы деп табылғанларға да қолланылып кетти. Қарақалпақстанда қатнасы болмаса да «баспашы» атын алған ҳәр түрли қатлам ӯәкиллери бар еди. Солардың арасында ислам дини ӯәкиллеринен ҳәм мәмлекетлик ҳәмелдарлардан есапланған қазыларда болды. Олардың булл ҳәрекетке қосылыӯна себеп большевиклердиң жергиликли халықтың миллий өзгешеликлерин, динин, үрип-әдетлерин инабатқа алмаӯы болды. Сондай-ақ большевиклер жүргизген сиясат, олардың бул жерде өзин тутыӯы жергиликли халықты менсинбей жөнсиз ҳәрекетлери халықтың ғәзебин оятты. Бурынғы Патша ҳүкимети дәӯиринде дин халықты бирлестиретуғын идеалогия есабында сақланып турған еди. Большевиклер ҳәкимиятқа келгеннен кейин феодаллық жәмийеттиң идеалогиясы сыпатында динге қарсы сиясатты баслады.
Тийкарғы бөлим: Қарақалпақстанда 1920 - жыллардағы болған халық көтерилислери большевиклер тәрепинен «баспашылар ҳәрекети» деп баҳаланды. 1918 - жылы Жунаидхан нөкерлери Қонырат қаласын басып алып 6 ай хукимдарлық еткен ӯақытта Жунаидхан молла Убби Ерниязовты қаланың бас ҳукимдары ал Жалел қазыны Жаңа қаланың бас хукимдарына тайынлаған. Жалел қазы 1917 – 1918 - жыллары Ашир ҳәм Ханлепес туркменлери арқалы Жунаид хан менен байланысқан[1:111]
1919 - 1920 - жылларда мешитлерге тез-тез ҳүжимлер болған, ҳәтте намаз оқып атырған руӯханыйларға оқ атылған. Бул дәӯирде мешитлерден ӯақым жерлери ҳәм басқа ийеликлер тартып алынып, халық ортасында үлкен абырайға ийе болған шариат ҳәм әдет судларының хызмети тоқтатылды[3:3].
1874 - жылы Қарақалпақстанның Кегейли болысы 6 - аӯылында туӯылған, 1909 – 1917 - жыллары қазы болған Қурбан қазы Қайдағуловта 1919 - жылы Хан Максым баскарған көтерилиске қатнасып «баспашы» атағын алды.[2:357]. Соны айтыӯ керек айырым қазылар кадрлар жетиспеӯшилиги себепли басқа тараӯларға тартылды. Сондай қазылар қатарында Крам қазы (Таллық болысынан), Ибрагим (Төрткүл қаласынан) қазылар болып олар белгисиз себеплерге байланыслы Совет ҳүкиметиниң репрессия сиясатынан аман қалды.
Сондай-ақ, миллети қазақ болған Ибраш қазы баспашылар тәрепине өтип кетеди. Оның иниси Рустам Жантуллаев баспашыларға жылқыларды урлаӯына жәрдемлеседи. Бирақ ол Жунаидханнан жасырын кортрабанда ислери менен шуғылланғаны ушын өлтириледи[1:105].
1919 - жылы халық көтерилисине тек мусылманлар қатнаспады. Оған 1876 - жылы Патша ҳүкимети тәрепинен бул жерге сүргин қылынған ураллы казакларда қатнасты. Олардың диний байрамларын қадаған етиӯши режени киргизди(Қарақалпақстан тарийхы). Соны айтыӯ керек большевиклердиң диний сиясаты тек ислам динине қаратылған емес, барлық диний исенимлерге қарсы еди. Түркистан АССР ы сыртқы ислер министри С.Турсынходжаев «Большевиклерге қарсы көтерилиске мусылманлардың қатнасыӯы жүдә қайғылы ҳәм бизиң Хийӯадағы сиясатымыздың өзгериӯин талап ететуғын ӯақыя» деп жазды[5:194].
1919 - жылы халық көтерилисинде Бекбаул қазы Шилимбетов (Шымбай қаласынан), Тажимурат қазы Қутлымуратов (Кегейли болысынан)ларда қатнасады. Олар контрреволюциялық ҳәрекет тәрепдары болып, Шымбай қаласында бул ҳәрекеттиң басшыларынан болды. Көтерилисти шөлкемлестиргенлердиң айырымлары қамалыӯдан қорқып қашып кетеди, ал айырымлары жасырын ҳәрекетке өтеди. Сондай-ақ, 1879-жылы 15-аўылда (Қартжан мәканында) туўылған, революцияға шекем қазы, мурап (суўшы), ақсақал лаўазымларында ислеген Дилман Хожашев да антисоветлик бағыттағы жат-жамайлар менен байланыста болғаны ҳәм 1919 - жылғы көтерилисте отрядлар шөлкемлестиргени ушын сүргин етилген.
1919 - жылдың орталарына келип Совет ҳүкимети жәнеде қурамалы сиясат жүритиӯ ушын жетерли тәжрийбе топлайды. Диншиллердиң жергиликли большевик шөлкемлерге кириӯи көтериңкилик пенен қабыл қылынады. «Қызыл молла», «халық қазысы» деген атамалар пайда болады (М.Базаров). Антиимпериалистикалық гүрес темасынан пропаганда мақсетлеринде пайдаланыӯ пуқаралар урысы ҳәм қозғалаңшылар (баспашылар) ҳәрекети жылларына да тийисли. Сондай етип, 1919 - жыл май айында мусылманлар үлкеси бюросы баслығы Т. Рысқулов Россия Компартиясының Түркистанда болып өткен мусылман шөлкемлериниң Биринши үлке конферециясында мусылман Шығысы тап дүнья империализминиң қылӯалары себепли аӯыр аҳӯалға түсип қалғанын айтып өтти[7:56].
Бул белгили котрреволюциялық топар өзлериниң алдына мақсет етип исламды сақлап қалыӯ ушын Совет ҳүкиметине қарсы гуресиӯди ҳәм халықты большевиклерден азат етиӯ ураны астында олар халық арасында үгит-нәсият алып барады. Сондай-ак өзлериниң шериклерин таярлап олар арқалы қуралжарақ, ок-дәри ҳәм азық-аӯқат, атларына от-жем таярлатып, совет властының иләжлары туӯралы мағлыӯматлар топлап ҳәм жәрдемшилери арқалы баспашыларға қарсы агитация алып барған белсенди батракларды ҳәм социалистлик қурылысқа қатнасыӯшыларды анықлаӯға ҳәрекет етеди. Солай етип өзлерине керекли мағлыӯматлар жәмлеп олар терористлик актлерди әмелге асырады.
Әсиресе, Әмиӯдәрьяның шеп жағалаӯында баспашылар тәрепине өтип кетиӯ ҳаллары көп ушырады. Совет ҳүкиметиниң терорр сиясаты айырым диний адамлар ушын баспашыларға қосылыӯдан басқа жол қалдырмады. Соның ушында илажсызлықтан бул ҳәрекетке қосылған, бирақ халықты тонаӯға қатнаспаған кейиншелик баспашылардан бөлинип басқа журтларға кетип қалғанлар да болды. Баспашылар диний уламаларды ҳүрмет еткен, себеби олардың тийкарғы қоллап-қуӯатлаӯшылары мусылман руӯханыйлары еди.
Б. В. Змерзлыйдың жазыӯынша, халық ҳәрекетлериниң кең ен жайыӯы большевиклердиң мусылманларға жан басыӯына алып келди. 1922 - жылы 18 - майда РКП 9б) ОК “Түркистан - Бухара ислери ҳаққында” ғы қарар қабыл қылынып, оған көре ески ӯақым жерлери мешит ҳәм медреселерге қайтарылды, диний мектеплер де нызамластырылды. Ӯақымлардан түскен ғәрежетлер конфессиялық тәлим мекемелерин, оқыӯшылардың өзлерин сақлаӯ, оқыӯ процессин шөлкемлестириӯ, руӯханыйлер ҳәм хызмет көрсетиӯши хызметкерлерди қаржыластырыӯ, мәмлекет салықларын төлеӯ көзде тутылған….. Ислерди әдет ҳәм шариат тийкарында көрип шығатуғын диний судлар қайта тикленди[4:26].
1923 - жыл 20 - октябрьде ХССР (Хорезм Совет Социалистлик Республикасы) да қабыл етилген конституция бойынша шеп жағалықта қазыханалар хызмети қадаған етилип, совет судлары шөлкемлестирилди. Көп өтпей көплеген наразылықлардан кейин қазыкалан өз орнында қалды, соның менен бирге жоқарғы суд (қазылық коллегиясы) енгизилди, орынларда қазылар орнына әдиллик мәкемелери шөлкемлестирилди. Қазылар белгиленген ис хақы алыў белгиленди, жеке өзи даўагерлерден ҳақы алыў қадаған етилди[6:519].
1924 - жылы баспашыларға қарсы гүрес бойынша көрсетпелер ислеп шығылды. Оған көре душпанларға қарсы қандай ҳәрекет етиӯ керек, олардың жайласыӯы, урыс тактикалары, жергиликли халық пенен тығыз байланыста екенлиги ҳәм соған қарап ҳәрекет етиӯ лазымлығы көрсетилген.
Қазылардың ғалаба түрде баспашылар тәрепке өтиӯи 1928-жылы «ҳүжим ҳәрекети», қазылар судының биротала тоқтатылыӯы, ӯақым жер ийелиги бийкарланыӯы ҳәм ески мектеплердиң сапластырылыӯынан кейин және де күшейеди. Қызыл Армияшылар баспашыларға жергиликли халықты қарсы қойыӯ менен гүресте жеңип шығыӯды гөзледи ҳәм бул бойынша ҳақ болып шықты. Жергиликли халықтың арасынан милицияға кеӯиллилерди ала баслады. Шеп жағалықта Марқабай батыр, Қара Жалғас милиция қатарында хызмет етти.
1929 - жылдың басында қарар қабыл қылыӯшы органларда диний мәселе бойынша партияның арнаӯлы қарарын ислеп шығыӯ зәрүрлиги ҳаққында пикир жетилистирилди, бул бир ӯақыттың өзинде мәмлекет аппараты ушын басшылық ҳүжжети болыӯ керек еди[3:10]. Усы жылдан баслап Совет Аӯқамында ширкеӯ ҳәм мешитлерге қарсы жаңадан ҳүжим басланды. Жүзлеген ширкеӯ ҳәм мешитлер, тарийхий естеликлер бузып тасланды. Араб имласындағы жазыӯ бийкар етилип, латын графикасына өтилди. Мектеплерде ҳәм үйлерде араб жазыӯында сабақ өтиӯге тыйым салынды. Сол жылдың өзинде бурыңғы қазыкалан Бабахун Салимов большевиклер тәрепинен өлтирилди.
Совет ҳүкиметиниң динге қарсы усындай сиясатынан кейин басқа аймақларда болғаны сыяқлы Кегейли районындағы диний уламалар баспашылар тәрепине өте баслады. Бул ҳаққында сол ӯақытта «Еркин қарақалпақ» газетасына келип түскен хатлардың биринде былай делинген:
Билдириӯ! Бизиң Кегейли районынан баспашылардың аз болыӯы себепли баспашыларға қатнасып кеткенлердиң 1928 – 1929 - жыллары барлығы 8 - 9 адам болды. Оның аз болыӯына биринши себеп баспашылар қозғалаңы басланбастан бурын ГПУ дан келип, №5, №7 аӯыллардан қорқынышлы, гүманлы деген 15 адамды бурыңғы аталық, болыс, бай балаларын услап қамап қойып едик. Кегейли райком секретары Галиулин. 9 - декабрь 1929 - жыл[8:2].
Бул аймақта баспашылар қатарына қосылғанлар саны улыӯма аз болғаны менен Қарақалпақстан аймағында баспашылар ҳәрекетине қосылған ең көп қазылар усы районнан болды.
Қарақалпақстан аймағында халық ҳәрекетлериниң ең ирилери 1919 ҳәм 1929 - жылларда болды. 1919 - жылғы ҳәрекетке қатнасқанлар кейин ала ҳақланып шыққан болса, 1929 - жылғы көтерилисте айыпланғанлардың көпшилиги өлим жазасына кетти ҳәм қалғанлары сүргиннен қайтып келмеди.
1929 - жылы сентябрь айы ақырында Тахтакөпирде бурынғы облсуд баслығы Абдижалил Исметуллаев ҳәм Барлықбай болыс басшылығындағы халық қозғалаңы болды. Тахтакөпир қөтерилисине бурынғы Қарақалпақстанлы қазылардан бесеӯи қатнасты. Олар Асқар қазы Орынбаев, Бекбаул қазы Шилимбетов, Қыдыр қазы Дәӯлетназаров, Қурбан қазы Қайдағулов, Темирхан қазы Байназаровлар еди. Көтерилисшилер өзлериниң басшыларын ҳәр түрли ҳәмеллерге сайлайды. Олардың ишинде Абдулкерим ахун қазы етип тайынланады.
Көтерилис жеңилгеннен кейин оған байланысы болмаған 12 қазы айыпланып қамаққа алынды ҳәм оларға атыӯ, сүргин қылыӯ жазалары берилди. Олар Ареп қазы Алибаев, Атажан қазы Хасанов, Ражап қазы Ваисов (Шаббаз районы), Халмурат қазы Ештурғанов, Шеримбет қазы Дәӯлетмуратов, Қурбанияз қазы Ирназаров, Ирназар қазы Шамуратов (Қыпшақ районы), Тажимурат қазы Қутлымуратов, Жолдас Бабаниязов (Кегейли районы), Атамақсым қазы Мухаммеддинов (Төрткүл), Жалел қазы Рахметуллаев, Мадияр қазы Алланиязов (Қоңырат) болды. Олардың ҳәммеси конртреволюциялық баспашылар ҳәрекетиниң қатнасыӯшылары сыпатында айыпланды.
Булардан басқа елден шығынып басқа мәмлекетлерге қашып кеткен қазылар ҳәм олардың урпақлары да болды. Олар арасында Кегейли районынан Примбет қазы да бар еди. Ол репрессия сиясатынан қорқып ҳажыға зыяратқа барып қайтыӯ бәнеси менен елден шығып кетеди. Сол кетистен елине қайтып оралмайды. Өте қазынң әӯладлары Иран, Ирақ, Туркияда жасады, ақырында Сирияда қонысланды ҳәм сол жерде жасап қалды. Хожан қазының баласы Нәжим ийшан сүргиннен қайтып келмеди. Және бир Кегейлиши қазы Юсиптиң баласы Шамшетдин де баспашылар менен байланыста айыпланып қамалды. Шымбайлы қазы Маӯлик ӯақтыншалық Туркменстанға кетиӯге мәжбүр болды.
Примбет қазы Баеке улы XIX әсир 90 - жылларында Шымбай уезди Жаңабазар болыслығындағы №5 аӯылда туӯылған. Бухарадағы Мир Араб медресесинде оқыған. Усы болыслықта Ерназар аталықтың қазысы болған. Кейин аталық өзиниң ағайынин қазы етип қояды. Бирақ аталықлар Примбетти қазылыққа қайта тиклейди. Совет ҳүкимети орнатылғаннан соң саӯатлы кадрлар жетиспеӯшилигине байланыслы Кегейли районы аймағында мәмлекетлик жумысларға тартылады.
Нәтийжелер ҳәм додалаӯлар: Ш. Бабашевтиң жазыӯынша, Орайдың тапсырмасы менен мәмлекеттиң барлық аймақларында, сондай-ақ Қарақалпақстанда динге қарсы гурес кеңнен ҳәӯиж алды. Рууханыйлар ҳәм оның прогрессив қатламлары кеше жаңа ҳәкимиятты «баспашылық» ҳәрекетине қарсы гурес алып барыӯда күшли аӯқамласы болса, енди оларды шет ел разведкасының жансызлары, халық душпанлары қара таңбасы менен айыплап қатты жазалаӯға өтти. Соның менен қатар Орайлық ҳукиметтиң тапсырмасы менен жазалаӯ уйымлары уламалар менен динге исениӯшилерди де жынаятқа тартып, азап-ақыретлерге гириптар етти[1:16].
Қарақалпақстан аймағында 1920 – 1930 - жыллардағы халық ҳәрекетлерине түрли кәсип ийелери қатнасты. Олардың ҳәммеси де баспашылар ҳәрекети менен байланыста болмады. Олардың арасында елди тонаған баспашыларға азық-аӯқат, қурал-жарақ, кийим-кеншек пенен тәмийнлеген, керек болса өзи де тонаӯда қатнасқанлар болды. Соның ушында ҳәзирги күнде олардың ҳәммесиниң исмин ақлаӯ туӯры емес. Және соны айтып кетиӯ керек қазылар суды елдиң арасында өзиниң абырайын толық жойтпаған еди. Оларды сапластырыӯ ислам динине болған бассыныӯ деп баҳаланып, елдиң арасында наразылық пайда еткен еди. Халық ҳәрекетине қатнасқан қазыларға «баспашы» атамасының қолланыӯы да тарийхый ҳақыйқатлық емес. Себеби, Совет ҳүкимети дәслебинде кадрлар жетиспеӯшилиги нәтийжесинде мәмлекетлик жумысларда пайдаланып, ақырында оларды жәмийетке «зыянлы» элементлер қатарына киргизип қуӯдалай баслады. Баспашы менен халық көтерилиси қатнасыӯшыларын ажыратып алыӯда хызмет қылатуғын тарийхый мағлыӯматларды еледе терең үйрениӯ арқалы баспашыларды ғалабалық түрде ҳәммесин азатлық ушын гүресиӯшиге шығарып таслаӯдың алдын алған боламыз. Бул ушын еледе тереңирек ҳәм кеңирек изертлеӯ жумысларын алып барыӯ ҳәзирги тарийхтың актуал мәселелеринен бири.
ПАЙДАЛАНЫЛҒАН ӘДЕБИЯТЛАР
1. Бабашев Ш. Дөҳмет дегиши. Нөкис. «Қарақалпақстан» 2009 ж.
2.Бабашев Ш. Жазықсыз жазаланған репрессия қурбанлары. Нөкис. «Қарақалпақстан» 2009 ж.
3.Базаров М. Советская религиозная политика в Средней Азии. 1918–1930 гг… . // Этнические и региональные конфликты в Евразии. М.: Весь Мир, 1997. Кн. 1. Центральная Азия и Кавказ. – С. 208.
4.Змерзлый Б. Политические документы РКП (б) (ВКП (б)), ставшие идеологической основой законодательной базы в деле регулирования деятельности религиозных общин в СССР (1920-1930-е г.г.). Ученые записки Таврического национального университета им. В.И. Вернадского. Серия «Юридические науки». – 2009. Т. 22. (61). - №2. – С. 26.
5.Қарақалпақстанның жаңа тарийхы. Қарақалпақстан XIX әсирдиң екинши ярымынан XXI әсирге шекем. Нөкис, «Қарақалпақстан» 2003.- С.
6.Ӯзбекистон тарихи (1917-1991 йиллар). 1-китоб. – Тошкент: «O’zbekiston», 2019. Б. 530.
7.Шигабдинов Р. Улама и реформы 1920-х годов Средней Азии. Pax Islamica, 1 (2), 54-67
8.Юсупов О. Архив ғәзийнелеринен. Еркин Қарақалпақстан 13. 03. 1992. №49. - Б. 2
Текст распознан автоматически из PDF и может содержать неточности.